⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАДАМ

Қарақалпақша

ат. Формасы сүйир, қызғылт гүлли, түсликте өсиўши мийўе ағашы. Арттырғаны бадам ағаш ортасы, Бал излеген Байбөриниң баласы («Алпамыс»). Әнжир, алма, әнар, бадам. Бағда сайратып дембе-дем (ққ.поэз.ант). Бағда питкен бадам бар, Керилип атқан адам бар (Қ.Ирманов). 0 Бадам қабақ — бадам ағашының мийўесине теңеп, сулыўлықты көрсетеди, бул әсиресе ҳаял-қызларға көп қолланылады. Бадам қабақ жүзинде қал, Жолыңа бағыш дүнья-мал (Әжинияз). Аралда қызлар бар бадам қабақлы, Еллерине қымбат мақсет-мурады (Ш.Мәмбетмуратов). Көзиң түссе кеўлин урады ҳаллас, Бадам қабақ, оймақ аўыз қыя қас («Алпамыс»). Писте мурын, бадам қабақ кең қушақлы ақ тамақ («Қырқ қыз»).