БАЛТЫР
Қарақалпақша
ат. Тобық пенен дизениң аралығы, булшық ети.
Балтырларын шаң басқан, аяқларын маң басқан («Қырқ қыз»).
Ал, атыздың ортасына келип, жуўан балтырға қапқан пахталарға нәзер салғанымда, үст кийимлерим суўдан сығып алғандай болды (Ө.Хожаниязов).
Балтыры нық болыўына қарамастан, беллери жип-жиңишке (К.Мәмбетов).
0 Балтыр сызлаў — машақатқа түсиў, қыйыншылыққа ушыраў, аўырманлық түсиў.
Қыста, жаздың ыссысы, Табаныңа басылған ғыжлап, Ата-бабам өзгертти қоныс, Басы аўырып, балтыры сызлап (Г.Есемуратов).