БАЛЫҚТАЙ
Қарақалпақша
кел. Балыққа усаған, балық яңлы балық сыяқлы болыў.
Мийирхан суўдан шыққан балықтай шоршып туўлап, қолымнан жаздырылып кетти (Ө.Хожаниязов).
Ҳәзир жалғызсырағандай, бир өзи ортаға кире алмай, қайырлаған балықтай бир шетке шығып қалыпты (Ө.Айжанов).
Мырзабек не қыларын билмей, суўдан шығып қалған балықтай аўызын ашып қала берди, ... (Ө.Айжанов).