⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАП I

Қарақалпақша

ат. 1. Алда болатуғын жағдай, рет, жай. Аға-беглер нур жайнаған ол жүзи, Журт алдында макул сөйлеген сөзи, Урыс майданында мыңға бир өзи, Батырлық бабында тәнҳа Әзберген (Бердақ). 2. Бир нәрсени ыңғайы менен, рети менен ислеў. Қәлпениң де маманы бар, Бабын таўып қус сала алмас (Н.Дәўқараев). 0 Жумыс бабы, хызмет бабы — белгили бир жағдай менен, жай менен, ҳәдийсе менен, аўхал менен. — Аўа, жумыс бабында барып қайтыўым керек (Ө.Хожаниязов). Себеби, бул аўылға хызмет бабында ямаса бирэўге хат я газета алып бараман (Ө.Хожаниязов). Саўаш бабы — урысқа керекли қарыў-жарақларды таярлаў, ҳәзирлеў, тайын етип қойыў. Мәрт жүрегин тербендирер уранлар, Ҳәзирленлер саўаш бабы затларды (И.Юсупов). Бабына келтириў — ыңғайына, жайына, орнына келтириў. Умытқаным жоқ оны да бабына әсте келтирдиң («Қырқ қыз»). Баплап сөйлеў — а) албырамай, асықпай, саспай, жайы менен, салмақ пенен сөйлеў. б) қатырыў, бежериў. Бир бапта — жай парахат, әсте-ақырын, бир жүрис пенен жүриў, пәкизе, жақсы, кеўилдегидей. Қыз бир бапта, ырғатыльш жүрсе, жигитлер «қызды көрип калайық» деп жүрисин тезлетти (К.Султанов).