БАРМАЎ
Қарақалпақша
ф. Нийетлеген, дийдилеген, бағдарлаған, барыўға тийисли жерге бара алмаў.
Әмет оқыўға бармай қалған еди (Т.Қайыпбергенов).
Бул турысым менен аўылға бармайман, — деп Лиза Арзыўды қушақлай түсти (Ж.Аймурзаев).
Барса-келмеў — барған жеринен қайтып келмеў, изине айланбаў, айланып келмеў.
Сениң ушын басты тартпай кетейин, Жаман жаза барса-келмес сүргинге («Қырқ қыз»).
Буның үстине туўған анамның өзим жоқта барса-келмес жолға кеткени есиме түсип, тула бойым лаплап, сай-сүйегимди сойды-аў! (Ө.Хожаниязов).