⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАРЫС II

Қарақалпақша

ф. 1. Бет алыс, бағыт бағдар. Барысым аман да, келисим гүман. Хош қалыңыз меннен Саркоп қаласы («Қырқ қыз»). 2. Ис-хәрекеттиң жағдайы, аўҳалы. ...хәрекеттиң барысын суйылтып алатуғын жағдайлар бар (Г.Есемуратов). 0 Барыс-келис — а) қатнас жасаў. Оған мына шешең қарсы болып, ара суўысты, барыс-келисте туўарылды (Г.Имбетов). Қатнасар қарындассыз ел жайында не сән бар, Барыс-келис қылмасаң, ағайинде не сөн бар (И.Юсупов). б) бир жерге барыў ҳәм қайтыў. ...сеники қурыдан-қуры барыс-келис болды ғой! — Буннан не шығады (Ө.Айжанов).