БАСЫЛЫҚ I
Қарақалпақша
ф. 1. Пәсенлеў, пәсине түсиў күши қайтыў, ҳәрекети кайтыў.
Ол бираз демин алып, суў ишкеннен кейин жүреги басылып орнынан турды (А.Бекимбетов).
Басында орамал қызыл-жасылды, Жүрегиме оттай лаўлап басылды (ққ.х.е.).
2. Кеўли қайтыў, түңилиў.
Жүрегине ышқы оты басылды (Ж.Аймурзаев).
Күлди Әмет Гүлжанға кеп асылды, Қыз бир урды — суў сепкендей басылды (И.Юсупов).
3. Тынышланыў, тыныў, жағдайласыў.
Айдос бийдиң көтерилиси басылып қарақалпақлардың Хийўа ханына мойынсынып отырған ўақты (К.Султанов).
Мениң ҳаўлыққаным басылып, қуўаныш денемди жайлай баслады (Ә.Шамуратов).
4. Тоқтаў, тыйылыў, иркилиў.
Ҳәр сапар жаңа оқыў жылының басында бир талай даў-жәнжеллер болып басылып жүрди (Қ.Айымбетов).
Даў басылған соң, қусбеги Әлмуратқа: — Көрдиң ғой? Бул халықтың еле шашы жибиген жоқ (К.Султанов).
5. Тамам болмаў, таўсылмаў, курымаў, питпеў, иркилмеў.
Бир қызыл шыбық арқаңа тийсе ашыўы өмирде басылмас еди (Т.Қайыпбергенов).
...арқа жақтан көтерилген тентек даўыл кешке шекем басылмады (Қ.Досанов).
0 Тасқа басылыў — баспаға басылыў, жазылыў, жәрияланыў, дағазаланыў.
Себеби, конверттеги тасқа басылған бир жапырақ қағазды алып келди (Ө.Хожаниязов).
Ҳәтте, олардың айырымдарының кишкене топар болып түскен сүўретлери де тасқа басылып шықты (Т.Нәжимов).
Ашыўы басылыў — қәҳәринен қайтыў, пәсине түсиў, жуўасыў.
Оған шекем ашыўы басылар (К.Султанов).
Маўқы басылыў — қумары қаныў, қумары тарқаў.
...кешке дейин ойнап маўқымыз басылып қалыпты (С.Мәжитов).
Көзге оттай басылыў — көзге ысық көриниў, кумартыў, жақсы көриў.
...қәдимги ийрек-ийрек етип майдалап қыйсық жазыўлары көзиме оттай басылды (Ө.Хожаниязов).
Қайнаўыты басылыў — иркилиў, тоқтаў, тыныў.
Тымық күни қайнаўыты басылып, еки кенардан жонып, жалап сынаптай сызылып ағады (К.Султанов).
Жериги басылыў — ҳаяллар қурсақ көтергенде, ҳәмледар болғанда бир аўқатқа ямаса бир нәрсеге қумартыўы, соны жеп кумардан шығыўы, тойыныўы.
Қассаптан алдырған буғаның басын жеп жериги басылып, ана баласы бир жасар болғанда буны да туўады (ққ.х.е.).
Аяғына қоз басылыў — жан-үйине от түсиў, шыр-пыры шығыў, тезлетиў, шаққанласыў.
Төребай аяғына қоз басылғандай өрден-ыкка секирди (К.Султанов).
...жеңгей аяғына қоз басылғандай шырпылдап жүр (Т.Қайыпбергенов).
Аяқ астына басылыў — көзге илинбеў, пәтиўаға аспаў, питпей қалыў.
Әлле қайдан ушып кеп, Басылды аяқ астына (Т.Сейтжанов).
Шоқ басылыў — жанға тийиў, жанға өтиў, азап шегиў, көриў.
... усыны айтқанда жан-жериме шоқ басылғандай басымды дастықтан бирден көтерип алдым (К.Смамутов).
Көзге басылыў, бетке басылыў — қандай да бир иеленген қыянет нәрсе, сөйленген өтирик сөз, жаман сөздиң бетпе-бет, көзбе-көз, жүзбе-жүз айтылыўы.
Сиз ҳәзир өтирик сөйлегениңиз ушын кейинги ўақытта шерменде болып, уятқа қаласыз ҳәм алдағаныңыз тамға болып бетиңизге басылады (А.Бекимбетов).
Қәўесет басылыў — қорқыныштың, қәўиптиң болмаўы, тоқтаўы, иркилиўи, тамам болыўы.
Қәўесет басылып кеткенше алысырақта боламыз (Қ.Аралбаев).
Дүбир басылыў — жүрис тоқтаў, адамлардың уйқыға кетиўи.
...Зийба ўәде берген қудық басына ел аяғының дүбири басылған ўақтында жетип келеди (ққ.х.е.).
Қумары басылыў — маўқы қаныў, тарқаў, шерин тарқатыў.
Үйинде жазылысып айта алмай, иш қыста болып жүрген хош ҳаўаз балада бүгин шерин бир тарқатып, қумары басылғандай даўысын кем-кемнен бәлентке көтереди (К.Султанов).