⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАТПАН

Қарақалпақша

ат. гөн.с. 1. Ески аўырлық өлшем бирлиги болып, жигирма, жигирма еки, жигирма төрт килограммнан қырқ килограммға шекем болады. Сексен батпан шүй темир, Тоқсан батпан сом темир, Алтмыш батпан герданды, Ол басына дастанған («Қоблан»). Сениң ешегиңе сонша ўақыттан бери қанша батпан жем бердим (Қ.Айымбетов). — Мен сизге бир батпан сөк берейин, соны ал да тез жолға түс, — дейди қыз (ққ.х.е.). 2. аўыс. Жүк, салмақ, аўырманлық, көп, зор, үлкен. — Батпан уўайымнан мысқал пайда тапқан жериң болды ма? (Т.Қайыпбергенов). Өз тасына батпан келип Жаман тоннан жийренген бар (С.Мәжитов). От басында ҳәмме батыр, ҳәмме ер, Өз тасына батпан, өз көнлине шер (Қ.Ирманов). Жүгим аўыр еди қырқ батпан тастан, Сол бүгин ийнимнен түсип турыпты (А.Дабылов). 0 Батпан тас — аўырлықты, салмақты билдирип келеди, гейде зил қаратас деп те айтылады. Аяқларым батпантас байлап қойғандай орнынан зорға қозғалады (Т.Қайыпбергенов). Батпан ириң — көзде ирин болыў, ирин басыў, ириндесиў. Гейбиреўлери көзинде батпан ириң, мурынларын қорқ-корқ еткизип тартып, даўысын бөлип-бөлип шығарып ыңқылдайды (Ә.Шамуратов). Жүдә десең, барып көриң, Ҳәр көзинде батпан ириң (Әтеш). Батпан самал — өзин басқалардан жоқары санап гәрдийиў, менменсиниў, тәкаббирлениў, үлкенсиниў. Сүриўли қойың жоқ, жапада малың, Сонда да мурнында батпан самалың (Әжинияз). Жигитлик ҳәсери урған мурынның, Кеминде бир батпан самалы болар (И.Юсупов).