БАХЫТСЫЗ
Қарақалпақша
кел. Талайы жоқ, бахыты жоқ, бийшара, ғәрип, мүсәпир.
Әжайып бахытсыз, бахтықараман, Бул заманда онда қалай қыламан (Күнхожа).
Бердақ шайыр өзинен бурынғы ҳәм өзине заманлас Күнхожа, Әжинияз сыяқлы шайырлардың да бахытсыз, қайғылы өмирде өткенлигин көрсетеди (Б.Исмайлов).
0 Бахытсыз ҳәдийсе — өмирде, турмыста жүз беретуғын кеўилсиз, қайғылы, унамсыз ўақыя — ...пуқараларымыздың қәўипсизлик қәделерине итибар бермеўи усындай бахытсыз ҳәдийселерге алып келмекте (газетадан).
Өндиристеги бахытсыз ҳәдийселерди ҳәм кеселликлерди тексериў ҳәм де есапқа алыў (газетадан).