⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЕДЕЎ

Қарақалпақша

ат. 1. Жүйрик ат, жылқы. Усталарды жыйдырып, Бедэўлердиң ер-тоқымын сайлады («Мәспатша»). - Минген бедэў желер деп, Мәртлик дәўран сүрер деп («Қоблан»). Бағда бедеў киснейди, Ат болдым деп яр-яр («Алпамыс»). 2. Сын-сымбаты келискен, беккем. Бул қыз-келиншеклерге тән. Ол ерик түбиндей беккем, жаны шықса да, сыры сыртқа шықпайтуғын бедэў келиншек еди (Ө.Хожаниязов). Қатар-қатар наз бебэўлер ойнаса, Қазанларым толы майға қайнаса («Мәспатша»). 0 Бедэў ат - жылқының, аттың жүйриги, шапқыры. Өлген соң сени ким ядлар, Себил қалар бедэў атлар (И.Юсупов). Фашистлерди жоқ қылыўға, Минди ҳәммеси бедэў атты (Ж.Аймурзаев). Алдын барлап аңланбаға, бедэў аттай таңланбаға (С.Мәжитов).