БЕЗЕЎ II
Қарақалпақша
ф. 1. Көркемлеў, нағыслаў, сулыўлаў.
Бунда ҳәмме гилем менен безеген.
Жайларының дийўалын да, полын да (И.Юсупов).
Гүл нағыслы обой менен, Безеп шыққан екен жайды (И.Юсупов).
Таў-тоғайға салдым туйғын, Аяқ баўын безеп жезден (Бердақ).
2. Гүл ҳәм тағы басқа да өсимликлердиң сән бериўи, қулпырыўи, дөниўи.
...бағдардан, бақшалардан ҳәр түрли гүллер көширип әкелип, мәдений шертектиң қыр айланасына отырғызып безедик (А.Бекимбетов).
Қарсы алдында мөадиреген Арзы көл, Гүлге безеп орматылған айнадай (И.Юсупов).
Бәҳәр-бәҳәр, жаным бәҳәр мийманым, Гүлге безеп келсең Әмиў бойларын (И.Юсупов).
3. Тәбият қубылысларын сүўретлеў.
Емески самал ести де көлдиң жийеклерин ақ көбиклерге безеди (Ө.Айжанов).
Ҳәм безеп өмир бәҳәрин, Ушады бул қос қарлығаш (Б.Қайыпназаров).
...ең жақсы сыпатлар менен безеген (Қ.Мақсетов).