⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЕЛШЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Белдиң кишкене түри, кишкене бел. Бала жуўырыўы менен үйиндеги белшени алып келип, қулақты байлады (Қ.Айымбетов). 2. Белбеў буўатуғын жер, белбуўар. Аўыр екен соншелли, Қара тасты қақ жарып, Белшесинен батады («Ер Зийўар»). 0 Белшесинен батыў — а) патас болыў, кирге батыў.... белшесинен қанға батып, дизесинен суў кешип жүргенде де усыны әрман етеди екен (Ө.Айжанов). б) гәп сөзге қалыў, машқулға түсиў, жумыстан басын ала алмаў, жумысы көп болыў. Түн ишинде тер төгип, бүлинип белшесинен батып киятырғанының себеби бар (Ж.Аймурзаев). в) қарызды болыў, қарызлар болыў. Қарызға ала-ала белшелеримизден баттық (Ж.Аймурзаев).