ф. Қандай да болмасын бир нәрсени ямаса бир затты екинши биреўге бериў, тапсырыў, қутылыў, өткериў.
Берсең аларсаң, ексең орарсаң (ққ.х.н.).
Қырқ қатын буған аямай, Береди күнде аппақ май, Болып пақырдың кэўли жай, Көп жыл өмир сүрген екен (Бердақ).
0 Хабар бериў — а) бир нәрсе қаққындағы қәдийсени ямаса ўақыяны екинши бирэўге жеткериў, хабар етиў.
Памир таўларында шарқ урған суңқар, Бәлент абырайыңнан бергендей хабар (И.Юсупов).
Гүзесин сындырған келин, Хабар бергил еллериңнен (ққ.х.қ.).
б) бир мәселени жеткермеў, хабар бермеў, хабар етпеў, хабарландырмаў.
Кеше Айтжанның әменгерлерине де хабар бере алмадық, — деп үй ийеси баслаған соң оны сораў менен толықтырыўды ғана ойлады (Т.Қайыпбергенов).
Сес бериў, гудок бериў — а) бир нәрсениң даўыс шығарып хабар бериўи.
...ақ сүптей таза қар әри кеппеген былғарыдай кышырлап сес береди (К.Султанов).
Машина келип электр лампасының астында тоқтады да гудок берди (С.Хожаниязов).
б) даўыс шығармаў, даўыс бермеў.
... бирақ Садулла ҳеш жақтан сес бермеген (А.Бекимбетов).
Даўыс бериў — а) үн шығарыў, сес шығарыў.
Сырттан келген адамға Жәмийла үйде отырып даўыс берди (К.Султанов).
б) дизимге алынған депутатларды сайлаўдан өткериў ушын даўыс бериў, сайлаўдан өтиў.
Турымбет даўыс бериўге екинши күни азанда қатнасты (Т.Қайыпбергенов).
Жуўап бериў — а) бирэўдиң сораўын қанаатландырыў.
Ушып турып шапшаң жуўап берди (К.Султанов).
Хәр қайсысы өзине тийисли сораўлар бойынша жуўап берип кеўилли отыр (Т.Қайыпбергенов).
б) жуўапкер болыў, миннетленген жумысты бәржай етиў, мойнына жүклеў.
...ҳәзирги күнниң талабына тез жуўап бериўи арқалы көзге түсти (Г.Есемуратов).
... шақырықты тек илимий қызметкерлер ғана емес, республиканың барлық интеллигенциясы қызғынлы қутлықлап, ис пенен жуўап береди (Б.Исмайлов).
в) сораган сораўына жуўап бермеў, жуўап қайтармаў.
Оған Дәўлет жуўап бермеди де, көзиниң қыйығы менен қарап қойды (С.Хожаниязов).
Ўәде бериў, сөз бериў — а) бир нәрсеге ўәде етиў, уәде қылыў, рийзалығын билдириў, рийзашылығын бериў, билдириў.
Айырым ўақытта уәде берип турып кейнинен тая кетеди (Т.Қайыпбергенов).
... олар атланар ўақытта Жәлмен қәммениң көзинше уәде берип қалды (Т.Қайыпбергенов).
б) биреўдиң шығып сөйлеўине рухсат етпеў, сөйлетпеў.
Сөз бермэў керек еди, бузды — деди бийлердин биреўи (Т.Қайыпбергенов).
в) ҳеш адамға сөз берместен бир адамның сөйлей бериўи, быжық адам, сөйлемшек.
Салийма Жәмийлаға сөз берместен сөйлей берди (К.Султанов).
г) араға иритки салыў, ғыжақ бериў, биреўди биреўге жаманлаў, айнытыў.
Салийма болса Жәмийлаға сөз берип айнытпақшы болды (К.Султанов).
д) екинши биреўдин сөйлесиўине гезек бериў, руқсат етиў.
Сөзин таўысып отырып, өзи сөз берди қызға (Т.Жумамуратов).
Сәлем бериў — сәлемлесиў, аманласыў, ҳүрметлеў.
... топар-топар балалар менен қызлар шуўласып лейтенантқа сәлем береди (А.Бекимбетов).
Үйге бириниң изинен бири сәлем берип үш ғарры кирип келди (К.Султанов).
Той бериў — белгили бир қуўанышқа байланыслы мереке өткериў.
Себеби, бундай жыйынды той бергенниң ямаса елиниң әменгерлери ғана сырттан келгенлерге қайырқомлық етеди (Т.Қайыпбергенов).
Той бериўиң керек (Қ.Ирманов).
Бахыт бериў — жақсы турмыста жасаў.
Жайлаўым жан еди мәлим ҳәммеге, Қуда бахыт бермеди ме бизлерге (Күнхожа).
Бақа бериў — бир нәрсеге сын көз бенен қараў, жоқары баҳалаў.
... бул эпосқа күтә жақсы бақа бергенлигин айтыўдың өзи-ақ жеткиликли (Б.Исмайлов).
Халық ядлап қәм оларды терең муқаббат пенен, оларға көтериңкилик пенен баҳа берди (Б.Исмайлов).
Есап бериў — иеленген жумыс туўралы түсиник бериў, есапласыў.
Ўатан ушын ислеген қәр бир қақарманлық ислериңнен есап бергиң келеди (С.Хожаниязов).
Тәжим бериў — ийилип сәлем бериў, ҳүрметлеў, иззетлеў, қәдирлеў.
Өзимниң тәжим берип еңкейип түскен елатым (К.Султанов).
...қатты жүрген адамға тәжим бергендей көринеди (С.Хожаниязов).
Ҳасыл кийим кийиндим, Тәжим берип ийилдим (ҚҚ.Х.Қ.).
Келисим бермеў — бир нәрсе қаққында белгили бир шешимге келмеў, жуўмақ шығармаў, руқсат етпеў, мәмлеге келмеў.
Мине усы себепли ол районнан бир адам барып аўыл менен таныстырсын деген пикирге де келисим бермеди (Т.Қайыпбергенов).
Сәлем бермэў — аманласпаў, көриспеў, сәлемлеспеў.
... сәлем бермей сөйлесе басладым (Ж.Аймурзаев).
Жол-жөнекей сәлем бермей өтсем деп, Қағып кирдим ярым әсир қапысын (Т.Жумамуратов).
Сораў бериў — а) бир нәрсени билгиси келиў.
Ал, сораўы тағы бериўге тығылып қалдым (С.Салиев).
Ержанның әкесине берген саўалының мәниси усы еди (С.Хожаниязов).
б) бир нәрсени билиў ушын сораў бермеў, билгиси келмеў.
Сол ойласықта исенимли оқыўшысына алды менен қеш сораў бермес (Т.Қайыпбергенов).
Азап бериў — зулымын өткериў, азаплаў, қыйнаў, зорлаў.
Оған қатты азап бериўди көзде тутты (Т.Қайыпбергенов).
Бийшара, ол қеш кимге азап берип те сөйлеген жоқ (Т.Қайыпбергенов).
Сыбағасын бериў — жазасын бериў, сазайын бериў, кегин алыў, есесин қайтарыў.
Басын уўқалап турмастан ол да Сержанның сыбағасын берди (Т.Қайыпбергенов).
Сыр бериў — а) пикирин, қыялын билдирип қойыў, сырын алыў, қыялын, пикирин билиў.
Тисиңнен шығарып, көпшиликке сыр берсең меннен туўып, әкеңнен болмағаның, ... (Т.Қайыпбергенов).
б) сездирмей қалыў, жасырып қалыў, билдирмеў, сыр бермеў.
... «сыр бермейин» дейдей, жумыстан шаршады (Т.Қайыпбергенов).
Бережақ — бир нәрсени ямаса миннетли қарызын бериўге таярлық, бериў алдындағы ўақыт.
Айсулыў қолындағы китабын маған бережақ болып умтылды,... (газетадан).
Жаза бермэў — ислеген жынаяты, қылмысы ушын тийисли жазасын бермеў, шара қолланбаў.
... бир мәртебе жынаятлы жаза берместен административлик түрде елиў манат штраф пенен шекленемиз (А.Бекимбетов).
Мақтай бермэў — бир нәрсени шеннен тысқары мақтамаў, хошаметлемеў.
Сизлер келген жериңизди көп мақтай бермең (А.Бекимбетов).
Бой бермэў — көлдиң, каналдың адамға бой бермейтуғын ең шүңғил жери, терең жери.
Терең, терең!? Үлкен адамларга да бой бермейди (А.Бекимбетов).
Ашып бермэў — бир қәдийсениң сырын ашып бермеў.
... тәбиятын ашып бермей, көбинесе справкалық характерде тоқталып өтеди (Г.Есемуратов).
Дәмелене бериў — үмитлениў, дәме етиў, дәмелениў, үмит етиў.
У сыны айтаман да бир нәрсе айтар деп дәмелене бердим (Ө.Айжанов).
Жейбериў, жалмай бериў — шайнаў, жута бериў, жутыныў, жоқ етиў.
— Ҳәй улым, халыққа ким жамандық етсе, өз басын өзи жалмай береди (С.Хожаниязов).
Оннан да магазиндеги тайын тамақ консерваны жей берсем, ... (Қ.Айымбетов).
Қуўат бериў — дәрман болыў, күш болыў, күшке ениў, қарыўланыў, қуўатланыў.
Куўат берип нурлы өмирдиң ағымы, Толы жеңис басқан ҳәр бир адымы (К.Султанов).
Жазларда жайнап кулашын, Атызға арнап қуўат берген (Ж.Аймурзаев).
Денеге қуўат бергендей ҳәз етеди (Ж.Аймурзаев).
Шалжаңлай бериў — ғоддасланыў, гәрдийиў, қайқыланыў.
... Қыдыр аяғын баса алмай тек шалжаңлай берди (С.Хожаниязов).
Ас бериў — а) қайтыс болған адамның асларын бериў.....оның да жыл асын бериўге таярланып атыр (К.Султанов).
б) көп адамларды шақырып тамақ, аўқат бериў.
Берерге асың болмаса, Елде қалай жүре аласаң (А.Дабылов).
Қыты шыққан ерди жыйып, Аш-арықка ас берип («Мәспатша»).
Көринис бериў — сулыўланыў, түр бериў, өң бериў.
Қызыл гүлдиң ғумшасындай ашылып, Шырайланып көринис берди жамалы (А.Дабылов).
Писирип бериў — аўқатты, тамақты, асты таярлап бериў, писирип тайын етиў.
Сақый адам сараңды хәр түрли тамақлар писирип берип сыйлап жибереди (Қ.Айымбетов).
Жан бериў — қаза болыў, жан тапсырыў, өлиў, қурбан болыў.
Сен тилесең мен берейин жанымди, Яр қара көзлериң не тилер меннен? (ққ.х.қ.).
Сенсең жүрегимниң ғамхор жанажан, Саған керек болса биз беремиз жан (Ж.Аймурзаев).
Руқсат бериў — бостандыққа шығарыў, босатып жибериў.
Руқсат беремен дуп жүр едим (К.Султанов).
Конңерт бериў — көп адамларды жыйнап қосық айттырыў, ойын көрсетиў, тамаша бериў.
... конңерт берип атыр еди, отырды да қалды (С.Хожаниязов).
Жеңислик бериў — тең келиў, сай келиў.
Жигитлер нағыз жағдайпаз хәм сырттан келген адамларға жеңислик бергендей емес екен (Т.Қайыпбергенов).
Жемис бериў — мийўе бериў, мийўелеў, өним бериў, зүрәәт бериў.
Усы бәҳәрде ҳәммеси де гүллеп жемис бериўи керек (С.Хожаниязов).
Мейил бериў — шамаласыў, жақынласыў, қолайласыў.
Қойыў қараңғы перде тан мейил берген сайын көбиктей тарқатылып жоқ болып баратыр (Т.Қайыпбергенов).
Сөгине бериў — боқланыў, сөгиниў, жаман сөзлер айтыў.
...ғарры аяғын тапылдатып, мушын түйип, тек сөгине береди (К.Султанов).
Тырмалай бериў — тырнаў, қасыў, осыў.
...сол жар тасты тырмалай берди (Т.Қайыпбергенов).
Материал бериў — а) ҳәрекет етиў, курал бериў, затлай бир нәрсе бериў, имканият туўдырыў.
Халық ертеклери ҳәзирги әдебий тилимизди көркейтиўге толып атырған материаллар береди (ққ.х.е).
б) белгили бир жазылған нусқаны машинкаға ямаса баспаға таярлап бериў.
Машинкаға бастырыў ушын онлаған бет материалды берди (Ө.Айжанов).
Жәрдем бериў — көмеклесиў, жәрдемлесиў, қолғабысын бериў.
... студентлер актив қатнасып, өз жәрдемлерин берди (Қ.Айымбетов).
Мазмун бериў — нәтийже, жуўмақ.
... повестьке анағүрлым салмақлы идеялық мазмун бериўде шешкен, ... (Г.Есемуратов).
Жүз бериў — көриниў, көрине баслаў.
... медицина хызметкерлериниң исинде жүз берген (Г.Есемуратов).
Жүзлеме бериў — бир нәрсениң жүзине жағыў, сүйкеў, салыў, жүзин жылтыратыў.
Шеге сыбаў менен де жүзлеме берилген (Т.Қайыпбергенов).
Түсиник бериў — анықдама бериў, кириспе бериў, түсиндириў, анықлаў.
... бир тутас түсиник бериўге пүткиллей уқыпсыз еди (Б.Исмайлов).
Мол бериў — көп, кән, бир талай, бир қанша, молшылық, көпшилик.
Шайыр деген өз халқының елшиси, Шад өмирден мол берилген еншиси (И.Юсупов).
Жылай бериў — даўысын шығарып жылаў, өкириў, өксиў, сынсыў.
Сонда турып бул ғодар, жылай берди зар-зар (ққ.х.қ.).
Неге адамның жылағысы келе береди (К.Султанов).
Ҳақы бериў — мийнет ҳақы бериў, пул, ақша ямаса затлай ҳақы төлеў.
Еткен исиң халыққа жақпас, Хақы бериўге қосжақпас (Әтеш).
Жол бермэў — жүриўге жол бермеў, бир ҳәдийсеге мүмкиншилик бермеў.
Ҳеш бир кемшиликке жол бермеў керек (Б.Исмайлов).
Күш бермеў — бир нәрсениң мойынсынбаўы, зорлық етиўи.
Ескекти булар сермеди.
Даўыл жаман күш бермеди (Әтеш).
Енши бериў — дүнья-малдан бөлип бериў, баласын үйлендирип, хожалыққа керек затларын берип бөлек шығарыў, кишкене балаларға тамыр жердиң затлай ҳәм малдан енши бериўи, мәселен ылақ, қозы, баспақ ҳәм тағы басқа нәрселер бериўи, бул көбинесе дайылы-жийенли адамларға төн нәрсе.
Шайыр деген өз халқының елшиси, Шад өмирден мол берилген еншиси (И.Юсупов).
Қол бериў — а) көрисиў, сәлемдесу, қол алысыў.
Мурат Әмийнаға қолын берип сәлемлести... (газетадан).
б) көмеклесиў, жәрдемлесиў қайырқомшылық етиў, камалға келтириў.
...мен жетимге қол берген (Х.Турымбетов).
в) дин. с. ийшанға шәкирт болыў, супы болыў, изине ериў, қараслы болыў.
... бурынлары айырым адамлар ийшанға суўпы болыў ушын қол беретуғын еди ... (Қ.Айымбетов).
г) жәрдемлеспеў, қол бермеў, көмек бермеў.
Қысынғанда қол бермеген, тарыққанда жәрдем етпеген азғын төлди пахтадай түтсе қәйтеди (К.Султанов); д) бирэўдиң екинши биреў менен сәлемлесиўдеги бир-биреўге қолын бермеўи.
Әмет болса сәлем де, қол да бермейди (Т.Қайыпбергенов).
Ырысқы бериў — напақа, қәрежет, ишип-жеў ушын аўқат, ас бериў.
Хожалық болдым кенелген, ырысқы берген ким екен? (К.Султанов).
Азатлық бериў — бостанлық етиў, дарқанды