ат. 1. Адамның бас жағының алдыңғы жағы, жүзи.
Жәмийланың бети суўыққа тоңып, көгерип, бозарып кетипти, ... (К.Султанов).
2. Бир нәрсениң сыртқы жағы, жүзи, үсти.
Қар әсте жаўса да жердиң бети демде аппақ болды (Ө.Айжанов).
3. Китаптың, дәптердиң, газетаның, журналдың бир жүзи, бир бети.
...демде китап бети шаң алыпты, — деп Айсәнем ашыўланып қалды (газетадан).
4. Қаптал, тәреп.
Таўдың кубла бети тез көклеп, мал жайыўға жетиседи (Ө.Айжанов).
5. Көлдиң, теңиздиң, дәрьяның бир-бирине қарама-қарсы жағы, жағалаўы.
Дәрьяның арғы бети зорға көринеди, ..(А.Бегимов).
0 Бетине айтыў — жүзине, көзине, өзине айтыў.
...оқыўшының кемшилигин сол ўақытта муғаллим бетине айтты (Т.Қайыпбергенов).
Бетине басыў — кемшилигин өзине тикке айтыў, жүзине айтыў.
...кешеги айтқан өтиригин Азат Гүлжанның бетине басты (газетадан).
Бет бурыў — 1. Қараў, нәзер салыў.
Албырап қыз бетин бурды жалма-жан, Гүл жай ғана ығып кетти армаған.
(И.Юсупов).
...суўға таласқан қошқарлардай, бириниң қолтығына бири бас тығып үңилип атыр.
Мен де бет бурдым.
(Т.Қайыпбергенов).
2. Кешиў, безиў.
Бетинен алыў — қарсы сөйлеў, сөйлетпеў, кейип таслаў.
Ғайбарлығы соншелли, келгенлердиң бетинен алып, оларды сөйлетпеди, ...(ҚАйымбетов).
Бет алыў — бар бағдарға қарай жүрип кетиў.
Сәден ғарры ҳәм қыз бенен жигит үшеўи көринғен жабайы жигилдикке қарай бет алды (газетадан).
Бети бүлк етпеў — уялмаў, қызармаў, қысынбаў.
...муғаллим Гүлайға қанша кейисе де оның бети бүлк кетпеди (Т.Қайыпбергенов).
Бет бурыў — а) алған бағдарынан бурылыў.
Жолаўшылар баратырған бағдарын қоя берип, бизлерге қарай бет бурды (Қ.Аралбаев).
б) кәўил аўдарыў, кирисиў.
...жаслар енди мийнетке қарай бет бурды (газетадан).
Бетине ширкеў болыў — ислеген кемшилиги ямаса қылмысының батыўы, кесент етиўи, уятлы болыўы, қыйналып қалыўы.
Жәмийланып енеси келген қудалары менен сөз алысып қалғанлығы оның бетине ширкеў болып отыр, ... (К.Султанов).
Бети қайтыў — бир нәрседен тиксиниў, кәўили қалыў.
Деген менен, Сәден ғарры қыз бенен жигиттен жеңилгендей бети қайтып, сөзин тоқтатты (газетадан).
Бетине тутыў — сүйениўи, исениўи, дәлил етиў, себеп етиў.
Бул келген қудалардың бетин тутып отырған Жәмийла еди (К.Султанов).
Бети қара — көпшилик халық алдында масқара болыў, шерменде болыў.....ҳаў бети қара ғарры-аў!... буның сениң уят ғой, журтшылыққа не дейсең, не бетиң менен қарайсаң, қызыңды берип жибер, — деп кемпир сөйленди (газетадан).
Бети ашылыў — үйренисиў, жатырқамаў.
...қыздың да бети ашылайын дептп — деди Сәден ғарры жигитке (ғазетадан).
Бет-ажар — жүзи, реңи, көрки.
Жәмийланың бет-ажары бүгин де бурынғыдай емес (К.Султанов).
Бетпе-бет — жүзбе-жүз, көзбе-көз.
Фронтқа келгенимизде он бир күн дегенде душпан менен бетпе-бет ушырастық (ҚДосанов).
Бет ашар — жаңа түскен келиншекти халыққа көрсетиў, таныстырыў ушын айтылатуғын салт-дәстүр қосық.
Келиншек келди келиңиз, көримлигин бериңиз, Бетин ашып көриңиз (ққ.х.қ.).
Бет-аўыз — адамның алдынғы жүзи.
Аман түўеллик сорасқан ўақытта ғана Нуржамал бир дизесине минип отырып бет-аўзын лаўдан көйлегиниң қолпылдаған узын жеңи менен көлегейлеп, көзиниң қыйығын салды (К.Султанов).
Белбеўи менен бет-аўзын сүртти (Х.Сержанов).
Бет-әпшер — бастың алдынғы жағының көриниси, формасы.
Сәлийманың бет-әпшери де кашып, түри өзгерип кетипти, - деди Жәмийла (К.Султанов).
Бетине түсиў — а) қас-қабағына қараў, мийзамына қараў, минезин байқаў, ғәрезли болыў.
Жәмийла ҳәмме ўақыт енесиниң айтқанынан шыға алмай, бетине түсиў менен жүреди (К.Султанов).
б) аўырыў, наўқас, кесел адамның басында отырыў, таң гүзетиў,... ҳәммемиз бийтаптың бетине түсип, түни бойы таң гүзетип шығамыз (газетадан).
Бети шыдамаў — уялыў, қызарыў.
Сәден ғаррының алдында қыз бенен жигиттиң бети шыдамады, ...(газетадан).
Бет сүртиў — сыйырыў, сыпырыў, сыйпаў.... қыз қол орамалын алды да бетин сүртип маған қарады (газетадан).
Бет алдырмаў — аўырсыныў, қызықсыныў.
Бул жумысты ислеў, оларды бет-алдырмайоы, ...(газетадан).
Бет-әлпети — адамға тән жүз, түр, өң, шырай.
Сәден ғаррының бет әлпетинен бир кейипсизлиқ пайда бола баслады (газетадан).
Бет қосыў — ушырасыў, дусласыў, жақындасып сөйлесиў, гәплесиў.
Жәмийла менен Сәлийма екеўи бет қосып көп ўақ сөйлесип отырды (К.Султанов).
Бетлей алмаў — туўры бара алмаў, батына алмаў.
Секретарьдың алдына кириўге бетлей алмады, ...(Х.Сейтов).
Бет орамал — төрт мүйешли кишкене орамал.
Жигиттиң бет орамалын өзине кайтып берди қыз,... (газетадан).
Бет перде — а) беттиң алды бетине, жүзине тутатуғын нәрсе, жүка гезлеме, материал.
...алдына тутып қойған бет пердесин алып қойды (газетадан).
б) адам баласының жүзиндеги уялыў белгиси, түр-түсиниң қызарыўы, қысыныў.
...ол уялмай бет пердесин алып бираз жаман сөзлер менен бәләәтлеп таслады (газетадан).
Бет-қол — адамның бети менен қолы.
Ҳаял-қызлар турыў менен бет-қолын жуўып, ошақларына от жақты (Ж.Аймурзаев).
Бетке тараў — жүзи қызарыў, ағарыў, семириў, қаны жуўырыў.
Ғаррының ишкен-жегени усы күнде бетине тарай баслады, ...(К.Аралбаев).
Бети шыдаў — көнлигиў, қайыл болыў.... соншама сөзлерди Сәлийма айтса да Жәмийланын бети шыдап отыра берди (К.Султанов).
Бетин желпиў — бетин шаршы менен ямаса бир нәрсе менен самаллатыў.
...ыссыдан жата алмай атырған баланың бетин желпип отырған кемпир далаға шығып кетти (Қ.Аралбаев).
Бетин басыў — а) бир нәрсениң жүзин, үстин қаўсырыў, жабыў; жаўыў.
...сийле менен сүт қуйылған табақтың бетин басып қойды (Қ.Аралбаев).
б) адамның геллесиниң жүзин жаўыў, жабыў, қаўсырыў, жасырыў.
...ғаррының сөзине уялғанынан бетин басып, сыртқа кетти (газетадан).
Бетине күйе жағыў — әшкаралаў, масқаралаў, айыбын ашыў.
...келген адамның айыбын мойнына қойып бетине күйе жағып қайтып келместей етип жиберди (газетадан).
Бетин айнада көриў — жүзин, шырайын, түрин айнада көриў.
Ғарры бетин айнада көрип, бир түрли болды ... (газетадан).