БИЙЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Басқарыў, айдаў, жүргизиў, менгериў.
...экскаваторды көп узамай-ақ Қалбай өзи бийлеп, өзи қазатуғын да болды (газетадан).
...олар машинаның ролин тез күнде-ақ бийлеп айдай алатуғын болды (газетадан).
2. Басшылық етиў, меңгериў, басқарыў, ис алып барыў, ҳәмелин жүргизиў.
Бирақ та, ол өзиниң елиўден аслам улқьизларының тек жигирма төртине ғана ел бийлэўге руқсат берген.
(К.Мәмбетов).
Елди бийлеген ақсақал, болыслар, Мәрдикарға хатлай баслады (Ә.Шамуратов).
Бәрин өзине қаратып, бираз халықты бийлеп еди (А.Дабылов).
Кай мәмлекет болса да бийлеў жөнинде бир нызамға сүйенеди (К.Ирманов).
3. аўыс. Сыртқы қубылыстың тәсир етиўи, басқарыўы, қаратыўы, бойсындырыўы.
Жүрегим ериген майдай елжиреди, өзимнен ықтыяр кетип, беденимди бир күшли сезим бийлеп алды (Ө.Хожаниязов).
Буннан тысқары мениң өз мухаббатыма пәклигим төтепки берди, мени шыдам бийледи (Ө.Хожаниязов).
Еркимди бийлеп еңсеме минип алды (Ж.Аймурзаев).
0 Бийықтыяр бийлеў — ерксиз түрде менгериў, басқарыў.
Иним, баўырывды майдай еритеди, қәйтсе де төзимиңди тарылтып, сезимиңди бийықтыяр бийлейди (Ө.Хожаниязов).
0 Бийлей алмаў — ҳакыйқат меңгере алмаўшылық, басқара алмай қалыўшылық.
Сондықтан, мен де муҳаббат алдында ҳәзлик етип, өзимди нақ бийлей алмай, Мийирханға алды бурын қолымды узаттым (Ө.Хожаниязов).