⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИЙЛИК

Қарақалпақша

ат. 1. Мәмлекет, хүкимет тәрепинен қандай да бир ис-илаж ларды орынланыўы ҳаққында берилетуғын буйрығы, буйыртпасы, тапсырмасы, көрсетпеси. Министрлер Кабинетиниң 1991-жыл 25- октябрьдеги қарарына муўапық Қорғаныў ислери министрлигиниң ҳуқуқый бийлиги, дүзилиси ҳәм Нызамы тастыйықланды (Өзбекстан тарийхы). 2. Қәтқудалық етиў, ҳәкимлик етиў, тәрелик етиў. — Бийлик өзинде, дәўлет қолында, ул перзентсиз жалғыз баслы жигитсең (Ж.Аймурзаев). Өз елинде хожа, Өзиң бийлик сүресең (Ш.Мәмбетмуратов). Асан бабаң он алтысында бийлик айтыпты (К.Султанов). 0 Бийлик қағаз — бийлик етиў ушын алынған руқсат қағаз, гүўалық қағаз (гүўанама). Тойда бир даўлы исти шешип болып, бийлик қағазға мәр басыў ушын қараса, мөри пайтахтта қалғаны мәлим болады (ққ.х.е.).