БИЛДИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Хабарлаў, мәлимлеў, айтыў, жеткериў, жеткизиў.
Буны байдың сақшылары еситип, байға билдиреди де, сүйинши алады (ққ.х.е.).
Бирақ, өзиниң келгенин билдирейин деп, Бәйбәтшениң қойнына бир жуп теңге салып, өзи кетип қалады (ққ.х.е.).
2. Сездириў, көрсетиў.
— Әттегене-ай, — деп аяныш билдирди кемпирлер (Ө.Айжанов).
Әжинияз көзи мөлтеңлеп, жалынышлы түр билдирди (К.Султанов).
0 Билдиргиси келиў — ислеген исин билдириў, сездириў, аңлатыў.
Келгенлигин билдиргиси келип, оның гәпин қызығып тыңлай берди (Ә.Шамуратов).