⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУЖЫР

Қарақалпақша

бужыр-бужыр кел. 1. Бир нәрсениң сыртқы көринисиниң тегис емеслиғи, гедир-будыр, ойлы-бәлентли болыўы. Күндиз кумды аралап қой бағып, түнде тас дастанып, таўдың бужыр-бужыр тасының үстинде жатаман (ққ.х.е.). 2. Шешек аўырыўынан қалған дақ, белги, қотыр, бужыр-бужыр таңба. Бужыр-бужыр көзи қысық, Қалғып басы, төмен түсип (Ш.Артық). Бужыр бет - а) Жас өспиримлердиң бетине шығатуғын угри себепли беттиң тегис болмаўы. б) айырым адамлардың бетиниң тәбийғый жақтан тегис болмай, бужыр болыўы. Асқарбайдың шым қара бужыр бетинен тер жылтырады (Ш.Сейтов).