⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУЙЫРЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Буйрық етиў, тапсырма бериў, ҳәмир етиў, жарлық қылыў. Сени өлим жазасына буйыраман, айт расыңды, — деп жекиринипти патша (Қ.Айымбетов). Кейин машинасын колхозға қайтарып жибериўге буйырды (А.Бекимбетов). Хызмет буйырсаң хош әжеп, Анам сенде ықтыярым (А.Дабылов). 2. Бир нәрсеге гез келиў, несийп етиў, пайдаға ийе болыў. Быйыл таўыққа шоңқайма деғен қырғын тийди, соннан қалған тек жалғыз таўық еди, буның да сорпасы саған буйырған екен (Ө.Хожаниязов). Сөйтип турады да, әй мейли, сирә маған буйырғаны усы жигит шығар (ққ.х.е.). Буйырса елдиң топырағы, Алыста болса қалмағы (Омар).