⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУЛАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Таўдын ямаса жердиң астынан шығып турған суўдын орны, жери, көзи, уясы. Шөллерде кетип баратырса бир булақтың бойында есапсыз кулаңды көрип, Мәспатшаньщ есерлик басына урды («Мәспатша»). Минди таўдын үстине, Сол булақтың басында, Отыр еди бир ғарры, Оған таяр болады («Қоблан»). 2. Бир нәрсениң келип шыққан жери, кәни, негизи. ... Арал теңизи ултанынан газ булақлары атлыққаны хаккында хош хабар хәммени үлкен куўанышқа бөлеген еди (газетадан). Өттим таў хәм булақлардан, Тырна көзли булақлардан (И.Юсупов). 3. аўыс. Көп, мол, нәўпир. Илимди нешше түрли ийелеңиз, Саны көп ағып турған булақтан да (С.Нурымбетов). Таў баўырынан сансыз байлық табылды, Шөлистанға гүмис булақ ағылды (Д.Қасымов). 0 Мөлдир булақ ~ көгис суў, тынық суў. ...сол бахыттың мөлдир булағын ылайлап кеткен әкемди жек көретуғын болдым (К.Смамугов). Ағызып көздиң булағын — көзден жас ағыў, жылаў. Бир топар жан бағар ешки-ылағын, Зар еңиреп ағызып көзинен булағын (Бердақ). Ҳасыл сөздин булағы — шебер сөзли, сөзди жақсы етип айырыўшы. Бурқып ақсын ҳасыл сөздиң булағы, «Шалқысын шайырлык өрнегим» дерсең (И.Юсупов).