БЫРҚ
Қарақалпақша
бырқ-бырқ етиў ф. 1. Аўқаттың, жарманың қойыўланып қайнаўы, сес шығарып қайнаўы, бүлкилдеўи.
...кемпир бир қазан жарманы бырқ-бырқ еткизип қайнатып отыр (ққ.х.е.).
2. Адамлардың, әсиресе кишкене жас балалардың үлкен дәретке шығыўы, саралаўы, тышыўы.
...кишкене бир бала үйден далаға жуўырып шықты да бырқ-бырқ еткизип, бираз отырды (газетдан).
0 Бырқына писиў — жумыс басты болыў, жумыстан қолы тиймей баса-басқа түсиў, жумысы көп болыў.
Тек жер баўырлап жатып бырқына писип, хәр нәрсени бир ойлап қуры босқа ыңылдап отыра береди (Ә.Шамуратов).