БҮРКИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Себиў, сеўиў, шашыў, шашыратыў.
Азырақ суў бүркип, үйди жеңил-желпи сыпырды (Ж.Аймурзаев).
Бүркиў ўақтында қәўипсизлик шараларын ядтан шығармаўымыз керек (газетадан).
2. Күнниң себелеўи, жаўыўы.
... бизлер әдеўир жол жүргеннен кейин күн де бүркип, жоллар тайғақ бола баслады (Қ.Айымбетов).
0 Қолтығына суў бүркиў — қайтарып таслаў, қарсы шығыў, қәҳәрин қайтарыў, пәсине қайтарыў.
Болыс көпшикти бәленттен қойып, желөкпелердиң қолтығына суў бүркеди (Н.Бөрекешов).
Сөзге суў бүркиў — сөзин алға бастырмаў, қайтарып таслаў.
Сөзге суў бүркип талайға, Тилин жаллап сөйлеп еди (А.Дабылов).
Гегирдекке суў бүркиў - айтысыў, сөз алысыў, урысыў, кейисиў, жәнжеллесиў, бақырысыў, шаўқым шығарыў, шатасыў.... булар бираз ўақыт гегирдекке суў бүркип, бир-бирине топылды (Қ.Айымбетов).