БӘЛЕ
Қарақалпақша
ат. Қырсық, кесапат, өжет, кесел, қайғы, бахытсызлық.
Сени бир бәлеге шатқан сол (Т.Қайыпбергенов).
Илим ҳәр қыйлы бәлени ҳәм бахытсызлықты жеңеди (А.Бекимбетов).
Қырқ жигит бир бәлениң барынан хабардар еди («Қоблан»), — Аўырыў түўе бәлеси де жоқ!... (Ш.Сейтов).
0 Бәлеге қалыў — урыс, кейис, қағыс, шатасық, жәнжел, машақатлыққа ушыраў.
Жаман болса алғаның Бир бәлеге қалғаның (Қ.Айымбетов).
Қайта мениң тағы бир бәледен аман қалғаныма шүкирлик етип, еки қолын жағасынан жибермейди (Ө.Хожаниязов).
Бәле табыў — ҳийле, қырсық, кесапат, машақат.
Бир бәле тапты-аў,ә! (Ө.Айжанов).
Ҳәссений! Тап сол Дәрменбайдың өзи таўып жүрген бәле емес пе екен? (Т.Қайыпбергенов).
Бәледен қутылыў, қашыў — айырылыў, аман болыў, аўлақ болыў, жырақ болыў.
— Ол бәледен қутылыўдың илажы қалай? — деп шағынды (К.Султанов).
Ол бәледен қашып, өлерменлик ете берме (Ө.Айжанов).
...бәледен қашып алыстан дүзетпегенде не бар (М.Чимбергенов).
Бәлени ал — алмасаң қой, ҳеш нәрсени алма.
Алмасаң бәлени ал деп ол да ешкилерин айдап жөнине кетеди (ққ.х.е.).
Басыңа бәле — жаман сөгистиң бир түри.
Гейде өлим дегенниң орнына да қолланылады.
Басыңа бәле сениң! (газетадан).
Бир бәле — жаман ўақыя, ҳәдийсе.
Базда унамлы түрде де келе береди.
Жас болсам да бир бәлениң барлығын сездим (Ж.Аймурзаев).
Бәлеге шатыў — Жаман нәрсеге ушыраў, тап болыў.
Таптырмайды ақыл менен жеңгенлик, Ол да ақыл-нәсиятқа көнгенлик.
Бир бәлеге шатпай қоймас адамды, Басқа түссе аўыр кесел менменлик.
(Т.Жумамуратов).
Бәле салыў — жамандық, зулымлық, даў, жәнжел, шатақ, жала жабыў.
Даўласқанға бәле салды, Сөйтип көшпей қалған екен (Бердақ).
Бәле-қада, бәле-бетер — жаман ис, жаман ҳәдийсе, бахытсызлық.
Тәўекел қыл барлық, бәле-қадаға (Әжинияз).
Үйиңниң иши тоқ болсын, Бәле-қәде жоқ болсын (Ярамазан).
... қәўип-қәтерден, бәле-бетерден қутылыўдын бирден бир жолы Жамалдың айтқанын қылыў ... (Ш.Сейтов).