⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӘЛЕМӘТЕР

Қарақалпақша

кел. 1. Өлим-житим, қәўип-қәтер, бахытсызлық, апатшылық. Сизлер менен бизлерди бәле-мәтерден аман сақлап қалар еди (Қ.Аралбаев). Бәле-мәтерден аман болса, быйыл бир неме болар, — деп Улбосын екеўи куўанысатуғын еди (Н.Дәўқараев). 2. Жала жабыў, ғәремет етиў, жамандық ислеў. Қолда барды тартып алды, Бәле-мәтер артып алды (Бердақ). Сарпай берди тартып алды, Бәле-мәтер артып алды (Бердақ).