⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӘРЕКЕЛЛА

Қарақалпақша

1. т.с. Адамның қандай да бир ҳәрекетинен кеўли толыў, мақуллаў, мақтаўды аңлатады. — О, бәрекелла! — деди директор қызлардың исине сүйсинип (Ө.Хожанов). — Жүдә жақсы қылыпсыз, бәрекелла болыпты (М.Нызанов). 2. т.с. Мақтаўда, қуўатлаўда айтылады. Қәне кәлесең, Баржай болып тилегиң, Бәрекелла балаларым дер едиң (К.Султанов). 3. Таңданғанда, ҳайран қалғанда айтылатуғын хошамет. — Бәрекелла, бәрекелла, — деди Серимбетке хошаметлеп, — сени бул жерге бир күш алып келген ғой, улым (Ө.Айжанов). — Бәрекелла, шайыр болсаң сондай бол, — деп таңлайын қағып киятыр (К.Султанов). 4. Наразылық, қанаатланбағанда айтылады. — Ҳәй бәрекелла, қылайын дегениң усы ғой-а! (С.Мәжитов). 5. Мысқыллаў, мазақ қылыўда айтылады. Бәрекелла, адам болып қалыпты, пақыр! (Ө.Хожаниязов).