⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БӨГЕНЕК

Қарақалпақша

ат. Арба үстиниң дөңгелек етип бастырылыўы. Арбаның үстиндеги бөгенекке үлкен кийиз жабылып, шатырының барлық тәрепи бекленген еди (С.Айний). Бөгенекке қонар ғарға, Арысы жоқ жаман арба, Тәңирге илажың бар ма, Шолақ ийтим аман бол (Әжинияз). 0 Бөгенек арба — үсти дөңгелекленип бастырылған арба. Пар ат жегилген бөгенек арба аталық пенен жасаўылды алып, Қоңыратқа қарай жолды шаңғытып тартты (К.Султанов).