БӨЛИМ
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсениң жеке бөлеги, бир шақабы.
Бир бөлими Төрткүл тусынан, бир бөлими — Шымбай тусынан, барлығы бир түнниң ишинде аржаққа өтиўге қаўлы қылды (К.Ирманов).
2. Тараўы, шақабы.
Нөкистеги аўыл хожалық техникумының бағманлық бөлимин питкерген (Ж.Аймурзаев).
3. Тараў, бап.
Лирикалық қосықлары деген бөлимде ўлыўмалық бар (Ә.Тәжимуратов).
4. Мәкемелердиң, ири өндирислердиң ишинде болатуғын ҳәр бир тараўы, шақабы.
Генжалиев соңғы гезде таярлаў бөлимине хызметке орналасты (Қ.Айымбетов).
Оны услаған қалалық милиция бөлиминиң балалар инспекторы еди (А.Бекимбетов).
5. мат.
Аралас бөлшеклердиң бөлетуғын саны.
...буны аралас бөлшектиң бөлимине бөлиў керек, — деди муғаллим (газетадан).
Ол дәрҳал бөлшекке ортақ болмайтуғын, оннан кейин биринши ҳәм екинши бөлшектиң бөлимине бөлип, алымын үстине жазыў керек екенин айтты ҳәм сондай бир қанша есаплар шығарды (Ө.Айжанов).