ГЕЎГИМ
Қарақалпақша
р. Күн батыш, дөгеректиң гүңгиртленип қараңғы түскен ўақыт.
Көп узамай геўгим түсти (К.Досанов).
0 Ала геўгим — Күн батқан ўақыт.
Ала геўгим, бәҳәрги кеш, Сизди адам қалай сүймес, Сизиң менен ишисиўди, Калай сүймеспен гүл сизди? (Б.Қайыпназаров).
Геўгим тартыў (түсиў) — Күн қарая баслаў ўақыты.
Геўгим тартып кубланда, Қаратаў тур түксийип (К.Рахманов).
Әтирапқа геўгим түсти қараңдап, Әстен шықтың жән-жағыңа алаңлап (Ә.Қайыпов).