ГИРДИКАР
Қарақалпақша
ат. 1. Ҳеш нәрсеге мүтәж емес, қурғын хожалық.
Қонса қонақ он-он бестен, Ҳәр күн сайын келип түскен, Барлық дәске соған көшкен, Болса сондай гирдикарым (ққ.х.қ.).
Анда бағда сайран еткен гирдикарым, көзлерим (ққ.х.қ.).
Не қылсаң гүз ишре терип гүллерди, Ҳәр пасылдың өзинше гирдикары бар (М.Жуманазарова) 2. аўыс. Қолайсыз ис-хәрекет, қылмыс.
Қеше-күндиз оған болдым интизар, Қуда берди себеп болып гирдикар («Әўезхан»).