⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГИРИПТАР

Қарақалпақша

р. 1. Қандай да сүйиўшилик сезиминиң тәсири астында бенде болыўшылық, дуўшар болыў, дилгир болыў, жолында пидә болыўшылық, шатылыў, тутылыў, бәнт болыў. Яр жолында өлгенше гириптар болған, Күйгелек көзли яр күйдирме мени (ққ.х.қ.). Көптен бел аўырыўға гириптар болдым (газетадан). 2. Бир нәрсеге дуўшар болыў, ушыраў. — Бәрекелла, дайым Бозуғланның сөзин қабыл алмай, бул бәлеге гириптар болдым, — деп көзине жас алып бир ғәззел айтар еди... («Юсуп-Ахмет»). 3. Ғәрезли болыў. Мен мәстанға болдым енди гириптар, Барсаң айтқыл сәлем ата-анама («Ер Зийўар»).