ГҮЎА
Қарақалпақша
ат. 1. Болып өткен бир ўақыя яки хәдийсениң болғанын өз көзи менен көрген, оның ҳақыйқаттан болғанлығын тастыйықлаўшы адам, киси.
Өтирикши өлген адамды гүўа тутады (ққ.х.н.м.).
Шийрин дәрт жамалар дәртим үстине, Я гүўа болғаным ертек мисли ме? (Н.Жангелдиев).
2. Суд ямаса тергэўге байланыслы өз билгенлерин айтып бериўге шақырылған шахс.
Бурын саўдагерлик иске араласпағанман.
Соның ушын да маған гүўа боларлықтай адамның өзи табылмай қалды (К.Мәмбетов).
3. Ўақыя, ҳәдийсе, пикир, ҳалат ҳәм т.б.
тастыйықлаўшы нәрсе, дәлил.
Инанбасаң, аға ханым сөзине, Минекей балаңның еки гүўасы... («Меңдиқал»).