⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ГҮНА

Қарақалпақша

ат. 1. Шәрият қағыйдаларына, диний ақиқаларға туўры келмейтуғын ис-ҳәрекет. Кешир гүнамды деп, еки қолын көкирегине салды (Ж.Аймурзаев). 2. Әдеплилик шеңберине туўры келмейтуғын қылмыс, айып, жынаят. Гүна барды саўдагердин өзинде, Абдулланы танып кетти бир ҳаял («Меңлиқал»). 0 Гүнаға бату — көп айып етиў, көп қылмыс ислеў. Гүнаны өтеў — айыбын, қылмысын жойыў. Гүнасынан өтиў — айыбын кешириў. Инимди урып сен қоздырдың дәртимди, Ырас айтсаң сениң гүнаң өтилер... («Менлиқал»). Гүнасын жуўыў — өзин ақлап, айыпларын, кемшиликлерин дүзетиў. Гүнасын мойнына қойыў — айыбын тән алдырыў, қылмысын белгилеў. Ҳажеке, ашыўланба ойыныма, ашыўлан гүнам қойып мойыныма («Әжинияздың Қыз Меңеш пенен айтысы»).