ГӨР I
Қарақалпақша
ат. Қайтыс болған адамды көмиў ушын арналып қазылған узын, терең шуқыр, қәбир, ләҳәт.
Жаманның тәринде болғанша, жақсының гөринде бол.
Бүкирди гөр дүзетеди (ққ.х.н.м.).
Гөр болады усы жер, О дүньяға атланған (К.Рахманов).
0 Бир аяғы гөрде, бир аяғы жерде болыў — Әбден қартайыў, өлиў халында.
Бир аяғым гөрде, бир аяғым жерде турғанын көрип турсаң, усы отарға кетпей-ақ қойсаң қалай болады, — дегенди айтты (М.Дәрибаев).
Гөр аўзынан қайтыў — Өлимнен зорға аман қалыў, тири қалыў.
Гөр аўзынан аман қайтқан жас жигит, Мақтаўларға қулақ аспады хеш те (И.Юсупов).
Ол үш мәртебе гөр аўзынан қайтты (Қ. Досанов).
Гөрге кириў — Өлген адам мәнисинде.
Үйге кирген қуры шықпас, Гөрге кирген тири шықпас (ққ.х.н.м.).
Биреўге гөр қазыў — Жаманлық ойлаў, нийети дүзиў емес.
Әжелди, өлимди билее де адам, Өзгеге қас болып гөр қаза бердик (А.Крамов).