ГӨРҚАЎ
Қарақалпақша
ат. 1. Аўқатты жөнсиз көп жейтуғын адам, мешкей, тоймайтуғын.
Татлы тамақларын алға қойғанлар, Гөрқаў аш көзлердин көзин ойғанлар («Ер Зийўар»).
2. Кеўли аш, нәпсин тыя алмайтуғын.
Гөрқаў бар нөпсин тыймаған, ишсе тамаққа тоймаған, Өз қолы менен жыймаған, Дүньяның қәдирин билмес (А.Дабылов).