⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДАД

Қарақалпақша

ат. (парсы, әдиллик, әдил, налыш, нала). 1. Руўхый ҳәм физикалық азапқа шыдай алмай шығарылған қатты даўыс, бақырыс, налыс. Дад-ўай дад! Матн, дәртимди ким тындайды! — деп бақыра баслады Гүлистан апа («ЕҚ» г.). — Жоқ, буған мениң, дадым жетпейди! Жоқ! (К.Смамутов). Көпке кимниң дады жетер (ққ.х.н.м.). 0 Дад дэў — кимниндур яки бир нәрсениң кери ҳәрекетинен, қандай да бир қолайсыз ўақыядан наразылық сыпатында нала, налыс етиў. Дадын бериў — 1. Жазалаў, қыйнаў. 2. Өлтириў, қырыў. Дады жетпеў — күши жетпеў. Дад салыў — жылаў, бақырыў, қатты налыў. Дадын тыңлаў (қулақ салыў) — арзын, шикаятын тынлаў. 2. Қәўип-қәтерден ямаса қорқыўдан жәрдемге шақырыў, шығарылған қатты даўыс, бақырыў. Қаражан сол ўақлары Тайшыханға кирип, дадурып не деп турыпты... («Алпамыс»). 3. аўыс. Жаман ат, жамандық, жаўызлық, күши жетпеў. Бир Алладан өзгениң маған дады жетпейди («Едиге»). 4. Әдилсизлик яки азап-уқыбеттен аўызеки ямаса жазба арза, шағым, налыс. Даўагерин, қазы болса, дадыңды алла берсин (ққ.х.н.м.). Айтқан арызлар питпесе, Дады патшаға жетпесе, Мәртлик исти етпесе, Оны төре деп ким айтар (Бердақ). Дадыңды кудайға айт — Арзынды, шикаятынды, аўҳалынды ҳеш ким тыңдамайды.