⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДАСТУРХАН

Қарақалпақша

ат. 1. Ортаға жайып, үстине аўқат қойылатуғын арнаўлы гезлеме, үй буйымы. Дастурхан көрки — нан-шөрек, Ҳаял көрки — шүберек (ққ.х.н.м.). 2. аўыс. Ортаға жайылған усындай дастурхан хәм оның үстине қойылған тағамдар. Толы болса дастурханың, атың елге даң болар, Дастурханың болмаса, Жабылар түрли ғәремет (терме). Дастурханға отырыў — аўқатланыўға отырыў. Ҳәмме шаңарақ ағзалары менен толы дастурханға отырып байрамды кәўилли күтип алады. («ЕҚ» г.). Дастурханға қараў — жеп-ишип отырыў, тағамдардың тартылыўына итибар қаратыў. Дәртин дастурхан етиў — басынан кеширгенлерин айтып бериў хәм қандай да бир ғәпти, хәр жерде хәр кимге айтып, тарқатып жүриў. Достым буннан артық дәртин дастурхан етип тура бермеди, кетти. Шамасы, меннен де түңилген болса керек (М.Нызанов). 3. аўыс.