ДЕЙИН
Қарақалпақша
к.с. 1. Аякланыў орнын яки аяқланыў шегин билдиреди.
Мен сизди үйинизге дейин шығарып саламан (Ө.Айжанов).
2. Ўақыт пенен ўакытлық шегин билдиреди.
Бирак, күндизги саат он екиге дейин әскерий бөлимге жетиў керек (Ә.Пахратдинов).
3. Шама ҳәм муғдарын билдиреди.
Машина жердиң астын отыз метр тереңликке дейин қазады (Т.Нәжимов).
Шабарман багдың дийўалларын жағалап төрт жүз метрге дейин атын шаўып, көшениң шеп тәрепиндеги гүжимниң астына келип тоқтады (Ж.Шарипов).
4. Шегара, дәреже мәнисинде қолланылады.
Жети жастан жетпис жасқа дейин.
Сизге дейин небир заманлар өтер, Қанша әўлад келип, қаншасы кетер (И.Юсупов).
5. Қолланығыў өзгешелигине қарай күшейтиў мәнисинде де қолланылады.
Шыдайды суў ишпестен, Нақ бир ҳәптеге дейин (Ақшолпан Аманияз).