⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДЕМ

Қарақалпақша

ат. 1. физиол. Мурын ҳәм аўыз арқалы тыстан ишке ямаса иштен сыртка шығарылатуғын ҳаўа. Сержан болса демин бөлип-бөлип алып, үсти-үстине гүрсинип атыр (Т.Қайыпберғенов). 2. Бир дем алғаншелли пурсат, пайыт, мәўрит. Үй жаманы төле, Дем аларсаң өле (ққ.х.н.м.). 0 Дем алыў — а) Шаршаў, күш-қуўатты қайта тиклеў, ис қәбилетлилигин қайта тиклеўге жәрдем беретуғын ҳалаты. Күндиз-түни бир тынбайсаң жыбырлап, маған уқсап дем алып бир жатпадың (Ж.Анетеев). б) Ҳаўаны ишине тартыў ҳәм шығарыў. Соңғы жыллары жазымыз онша қуўанышлы емес, өлпең самал менен-ақ дузлы қара шаңғыт көтерилип, дем алыў қыйынласты (Т.Қайыпберғенов). Дем берди — тыным берди. Деми питиў (таўсылды) — дин. қайтыс болды, тамам болды, қазаланды. Шайыр қосықларын журтқа калдырып, Өзи деми питкенде өлип кетеди (И.Юсупов). Дем салды — молланың бир нәрселерди оқып, наўқас адамға үп-сүп деўи, дем урыўы. Демниң арасында — жүдә тез, сол заматта, жылдам, шаққан. Демалыс күнлери — ҳәр ҳәптелик үзликсиз дем алыў күнлери. ӨзР Мийнет Кодекси, 129-статьясында барлық хызметкерлери 5 күнлик ис ҳәптесинде ҳәптесине 2 дем алыў күни, 6 күнлик ис ҳәптесинде 1 дем алыў күни бериледи. Оқыўдан демалыс берилгени менен, Ашықлықта болмас екен демалыс (Ж.Нийетуллаев). Дем алыў орайлары — дем алыў режими тәртипке салынған денсаўлықгы тиклеў мәкемелери. Деми ишине түсип кетиў — а) дем ала алмай қалыў; б) үндемей, тым-тырыс болып қалыў; Улперини жиберип, туўатуғын ҳаялға үйленгиси келип турады да, тағы деми ишине түсип, ҳаялынан да, ҳәмелинен де қорқады (К.Рахманов). в) кейпи бузылыў, өзғериў; г) не дерин билмей қалыў, аўзын аша алмай қалыў. Демин ишине жутыў — үндеместен, тым-тырыс турыў. Демине нан нисиў — қаталдық, не айтса бәри орынлана бериў, басқаның үстинен хүким сүриў. Сөйтип демине нан писип жүрген Жалғас жорасы кеше кеште жамбасына оқ тийген қасқырдай сүйретилип үйине зорға жетипти (К.Рахманов). Дем урыў — Аўырыў адамға емшиниң үп-сүплеўи. 3. фоль. Сөйлеў, айтыў. Атың Қоблан болсын деп, Кулағына дем урды («Қоблан»). Дем урмаў — дем алмаў. Мәлийка жығылып, дем урмай жатты («Шаҳы Мутлақ»). Демин ыраслаў — дем алыў. Ол таўдың үстинде демин ыраслап, ол минәрли шәҳәрлер көринғенге ўақтын хошлап: Бағдаттың мурады бар дейтуғын еди... («Сәлимжан»). 4. Жумыстан бос ўақыт. Дем алыў. 5. Қандай да бир нәрсе ишине топланған, жыйналған газ, ҳаўа.