ДИЗИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жип, сым ҳәм сол сыякды нәрселерге өткерип ямаса ортасынан тесип бириниң изинен бирин қатара өткериў.
Қой мойнына шынжырды дизип... (С.Қурбанов).
Теңиз ултанында маржан таслардан, Моншақ дизип услатаман қолыңа (Муңлы шайыр).
2. Белгили бир затты, нәрсени қатарластыра орналастырыў, қатарма-қатар сапқа дизиў, қатарластырыў.
Босаған қатық шийшелерин стол үстине дизип қойды.
Жекенди есип, арқан етип, қамысты пуқталап қыршып, жыңғыл қора қыспақлағандай қамысларды бирим-бирим дизип отыр (К.Султанов).
3. аўыс. Бириниң кейнинен басқасын, избе-изликте, үзликсиз келтириў, таллаў.
Сөз маржанларын дизиў.
Маржандай сөз дизип хәриптен, Шайырың өзиңди тәрийиплер (А.Турдымуратова).
Счётты үсти-үстине қағып, цифрларды қағаздың бетине ықшамдап моншақтай дизди (К.Султанов).
0 Жипке дизиў — Сынаў, мин табыў, сылтаў табыў, санаса бериў.
...Жипке дизип майда өкпе-гийнени, Алаўызлық етти-аў нәпси бийлери... (Х.Дәулетназаров).