ДИЙУАЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Имарат, үйдиң төбелерин көтерип турыўши ямаса бөлмелерге ажыратыўши тик бөлеги, қорған.
Жайдың пақсасы, қанаты дийўал ылайдан (пақса дийўал), пискен я қам гербиштен, тас, шлак-бетон ҳәм темир-бетоннан исленеди.
Патшалық шәҳәр Хийўаны жаўдан сақлаў ушын дийўал салынады (К.Султанов).
2. Қандай да бир нәрсениң (мыс: асқазан, двигатель) әтирапы оралған ямаса бөлимдерге ажыратқан бөлеги; асқазан дийўалы, цилиндр дийўалы.
3. Қандай да бир жерди (мыс: үй) айланасын оран алған ямаса бөлимдерге ажыратып турған тосық; пақса, тахта, сым, темир-бетон, гербиш пенен оралады.
Төрт дийўал ишине жайғасыў қыйын, Аңсайман руўхый дийўал болыўын (П.Мырзабаева).
4. Қала, қорған (хәттеки мәмлекет)ды орап, душпан хужиминен қорғаў ушын қурылған имарат.
0 Дийўалдын қулағы бар — гәплерин басқаларға еситтирмеў мақсетинде әсте сөйлеў, андап сөйлеў.
— Ҳей! Абайла деймен келин, Айттым ғой, дийўалдың да қулағы бар (Мухаммед Хошан).
Реңи дийўалдай — қорқыўдан, ашыў тан ағарған, шаршаған, сур түске енген.
Ол дийўалдай болып ағарып кетти де, атларын тоқтатты («Ашылған тың»).
Төрт дийўал ишинде — сыртқы әлемнен, жөмийеттен ажыралған ямаса мәжбүрий ажыратылған халда өмир кешириў.
Жалғызлық аўырлығын сезингенмен, Төрт дийўал ишинде езилгенмен (Б.Сарыбаев).
Дийўалға сөйлеў — бийкарға айтыў, гәпке қулақ салмаў, немқурайды, пайдасы жоқ мәнисинде.