ДИЙҚАН
Қарақалпақша
ат. (парсы, жер ийеси, аўыл ҳәкими) 1. Тийкарғы кәсиби жер менен шуғылланыў, егин егиўден ибарат болған адам, маман киси.
Дийқанлардың дәслепки дүркини қыслаўдын жары жолына жеткен шамасында жалаңаяқ бир бала қырманханаға шаўып келди (К.Султанов).
Дийқан баба нәпеси бар жеринде, Жуўан аңқып кийик қашар көлинде (И.Юсупов).
Колхоз дийқаны тар.
а) Коллективлестириў дәўиринде өз меншик жери, әсбаплары менен биргеликте колхозға ағза болып кирген шахс; б) Колхоз ағзасы.
Жеке дийқан.
тар.
Колхозға кирмей өз алдына, бөлек, жеке халда дийқаншылық еткен киси.
Боз жерге дийқан боп ақ бийдай ектиң, Гүзли-бәхәр тынбай маржан тер төктиң (А.Султанов).
2. Бирэудиң есигинде хызмет етиўши адам, батрак.