⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДИЛГИР

Қарақалпақша

кел. (парсы. — қапа, ашыўы шыққан, қолайсыз). 1. Бир нәрсе ни илажсыз көп күтиў. Кемеси дәрбентте дилгир болмиян, Қырда қара жердиң қәдирин не билсин (Әжинияз). 2. Бир нәрсеге қуштарлық, қумарлылық, интизарлық. Мен оны көриўге дилгирмен. Патша болсам мен өзим билгир едим, Жалғызымның жолына дилгир едим («Алпамыс»). 3. Қайғы, хәсирет, ренжиген, азарланған, қапаланған, ғамгүн. Неше ўақлар әжеп дилгир болыппан, Маған жуўап бергил, Юсуп султаным («Юсуп-Ахмет»).