⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДУЗАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Кус яки басқа аўланатуғын ҳайўанларды тутыў ушын әдетте жиңишке сыртпақган иеленген курылма. Дузақ қойыў. Ш айнамаған жуталмас, Дузақ қурмаған туталмас. Дузағың сай болса, талабың жай болар (ққ.х.н.м.). 2. аўыс. Улыўма, қолға түсириў ямаса өзине қаратыў ушын койылған ҳәрекет, шара, илаж. Жылан изли қорған қашылар созылып жатырған узыннан-узақ душпанның жолына курылған дузақ (Мухаммед Хошан). 0 Дузақ қойыў (қурыў) - 1. Кус тутыў ушын дузақгы сазлап, орналастырыў. Арыслан суў ишетуғын суўатқа дузақ қойып таслапты хәм шөллеген арыслан дузаққа түсип қалыпты (ққ.х.е.). 2. аўыс. Қолға түсириў, пайдаланыў шара-илажларын ислеў. Алған абырай, ақшаға дузақ курып, Түлкилер куўалады тазыларды (И.Юсупов). 0 Дузаққа түсиў (илиниў) — 1. Қолға түсиў, дузаққа илиниў. Орынбай қалай болмасын мени дузаққа тусириўдиң әнжамында (К.Мамбетов). 2. аўыс. Дуўшар болыў, илажсыз қалыў. Қырылдық қыспаққа түстик, Отыз еки дузаққа түстик (ққ.х.терме.).