⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДҮЗИЎ I

Қарақалпақша

ф. 1. Қурыў, пайда етиў, жаратыў, орнатыў. Армия дүзиў. Жәмийет дүзиў. Шыңғысхан қаншәлли жаўыз болмасын, дүнья бурын көрмеген үлкен империя дүзип, тарийхта мәңги ат қалдырды («ҚӘ» г.). Мол пахта базасын дүзип Елликте, Газ аштың ба Үстирттеги шөлликте? (И.Юсупов). 2. Структуўралық бөлеклерден бир пүтин нәрсе пайда етиў, қураў, дүзиў. Гәп дүзиў. Реже дүзиў. Шебер исиниң де бар ғой обалы, Дүкәнлар айланың дүзип жобаны (Н.Жангелдиев). 3. Түрли материал, мағлыўмат ҳәм т.б.ларды жыйнап, белгили тәртипке түсирип, пүтин бир ҳалатқа келтириў, дөретиў. Сөзлик дүзиў. Сабақлық дүзиў. Тест орайда сораў топламын дүзип, Мийнети еленген... апа (Ақшолпан Аманияз). 4. Рәсмий рәўиште келисип, хүжжет жазыў. Шәртнама дүзиў. 5. Шөлкемлестириў; курыў, ислеў. Отырыспақ дүзиў. Бул тәгдирдиң жазыўы үзик сызық. Жасаймыз ҳәр затты бир бузып, дүзип (А.Исмаилов).