ДҮКӘН
Қарақалпақша
ат. (арабша, киши магазин; шатыр, устахана).
1. Қандай бир нәрселерди сатыўушын арнаўлы безелген саўда-сатық ханасы; жай, орын.
Азық-аўқат дүкәны.
Хожалық товарлары дүкәны.
Адамларға өкпеси исинген Улпери Шернияздың дүкәнының алдына келди, дүкән илик еди (К.Рахманов).
2. Темиршиниң устаханасы.
Мәселен, темиршилик пенен шуғылланатуғын адамлардың жумыс орны «дүкән» деп аталған, бул жерде темиршиниң көриги, әсбаплары ҳәм ислеп шығарған өнимлери болған («ҚӘ» г.).
Әңгиме-дүкән қурыў — а) көп сөйлесиў, гүрринлесиў; Небир иси жоқ адамлар дүкәншылар менен гүрриңлесип, әңгиме-дүкән қурып отырып, көпшиликтиң ортасында... ғәззелин айтады (Қ.Айымбетов).
б) пайдасыз ғәплер менен шуғылланыў.
Дүкән ашыў — саўда-сатық пенен шуғылланыў.
Дүкән ағаш — ағашты сүриў, жоныў ушын арналған қурал.