⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘЛДАЛШЫ

Қарақалпақша

ат. 1. Көбинесе малды сатыўшы менен алыўшынын арасына түсип, ширинкене алып, саўданы келистириўши адам, киси. Араға бир дәлдалшы салып, киширек бир туўшаның пулына алады (Т.Қайыпбергенов). Тышқақылақ паданы бүлдирер, Дәлдалшы көбейсе, қаланы бүлдирер (ққ.х.н.м.). 2. Ортада турып, жөнсиз ислерди арашалаўшы, ортаға түсиўши, мурасашы. — Бул айтыс-жәнжелди шешиў керек, — деп, дәлдалшы ақыл-ой шықты да төрге (М.Қарабаев).