⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘРДЕСЕР

Қарақалпақша

ат. 1. Артықша тәш ўиш, бас аўырыў, аўырманлық, қыйыншылық, мүшкил. Ат басына күн туўса, Суўлығы менен суў ишер, Ер басына күн туўса етиги менен суў кешер, Жалғыз ерге күн туўса, Басынан кетпес дәрдесер («Қоблан»). 2. Уўайым, қайғы, сергизданлық. Самал янды ойым дәрдесер, Әлле қайда ылағады гүз (Г.Нурлепесова). 3. Бас катыратуғын, машақатлы ис, артықша тәшўиш. Басынан кетпес дәрдесер, жылай-жылай үни өшер... («Қоблан»).