⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕКИНШИ

Қарақалпақша

сан. 1. Қатарлық санлық. Ал, таныс емес жигит, асхананың екинши есигинен әлле қашан шығып кеткен екен (Қ.Айымбетов). Буны көрип кемпир бул аўылға қайтарсын келермен деп, екинши аўылға өтип кетеди (Қ.Айымбетов). Усы жолдың аяғы екинши бригадаға барады (С.Хожаниязов). 2. Тәреп, жақ, бағдар. Екинши бир жерине басқаша таза пикир жазды (Ө.Айжанов). Аршаның үстине боғжама, қаршын, қаршыңның үстине түрли көрпе-төсек, екинши жақтағы жүк сандықтың үстине көрпе, мақпал дастықлар менен толған (Ө.Хожаниязов). 3. Буннан былай, ендигиден былай. ...бундай нәрселерди екинши қайталама? — деп ескертип қойды ол киси (Қ.Айымбетов).