ЕЛЕК
Қарақалпақша
ат. 1. Ҳәр түрли нәрселерди елейтуғын тордан иеленген нәрсе, елгезер, елеўиш.
Електиң майда көзли тесиклеринен түскен суперфосфатты өз алдына бөлек қойды (Қ.Досанов).
Бүлк-бүлк етип бүлкилдеп тур, ун заводтың елеги (Ж.Аймурзаев).
2. аўыс. Сыннан өткериў, көзден өткериў, сайлаў, ириклеў.
Көп жыллар илгери болған ўақыяларды ой елегинен өткизе баслады (Қ.Айымбетов).
Қатарыңды сынап елекке елеп, Ҳақыйқый ис шынын көрсет палўан қыз (Ж.Аймурзаев).
0 Аспан елеги — аўыс. Күнниң себелеп жаўа баслаўы, жаўыннын, буршақтың себелеўи, күнниң қуйыўы.
Соңынан аспан елеги шашыратып себелей баслаған буршақ бетиме сабалап кем-кем үдей баслады (К.Смамутов).