⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕР II

Қарақалпақша

ат. Бай, күйеў, жубай, қостар, өмирлик жолдас. Ерим пақыр күтә гедей адам еди (Ә.Шамуратов).... мениң ерим ағаңыз Бабахан патшаның иниси ҳәм ат сейиси еди («Мәспатша»). Несийбе әзелдур дийдардур ғайып, Бурыннан калған жол ер менен зайып («Алпамыс»). 0 Ерге бериў — турмысқа шығарыў, күйеўге шығарыў.... өзинен бийжуўап ерге бериў шәриятымыздың мазҳәбине жайласпайды («Алпамыс»). Ерге тийиў — байға барыў, күйеўге шығыў, турмыс курыў, турмысқа шығыў. ... тәртип бойынша ерге тийиўди өзим де билемен (ққ.х.е.).